Саҳифа манзили: 

Танланган матн: 

Хабар

Янгиликлар

Нөкис қаласында ислеп шығарылған өнимлер көргизбеге қойылды

error

2024-12-03

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы тийкарында усы жылдың 30-ноябрь ҳәм 1-декабрь күнлери Нөкис қаласында жайласқан "Аққуў" комплексинде Нөкис қаласы исбилерменлери тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлердиң көргизбе-ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ўәкиллери, тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары, Нөкис қаласы ҳәм районларда жумыс алып барыўшы ҳәким орынбасарлары ҳәм ҳәким жәрдемшилери, сондай-ақ Нөкис қаласындағы жәми 71 МПЖ дан ислеп шығарыў, хызмет көрсетиў, өнерментшилик, усташылық, балықшылық ҳәм басқа да жөнелислерде жумыс алып барып атырған 120 дан аслам исбилерменлер қатнасты.

Илажды шѳлкемлестириўден тийкарғы мақсет – елимиз исбилерменлерин буннан былай да қоллап-қуўатлаў, санаат тараўын еле де раўажландырыў, бизнес субъектлери тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди реализация етиўге көмеклесиўден ибарат. 

Илаж шеңберинде қатнасыўшы исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған санаат, мебель, азық-аўқат ҳәм қурылыс өнимлери, сондай-ақ, өнерментлер тәрепинен таярланған қол мийнети, тигиншилик, зергерлик өнимлери, ағаш  усташылығы, темирден исленген үскенелер, үй хожалығы буйымлары ҳәм басқа да 1000 ға шамалас товарлар көргизбеге қойылды.

Көргизбе-ярмаркасы жуўмағы бойынша белсендилик көрсеткен бир қатар ҳәким жәрдемшилерине ҳәм исбилерменлерге шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.Нөкис қаласында ислеп шығарылған өнимлер көргизбеге қойылды