Саҳифа манзили: 

Танланган матн: 

Хабар

Янгиликлар

Кәмбағал шаңарақларға исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын процентсиз ссудалар ажыратылады

error

2025-02-19

Кәмбағал шаңарақларға исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын процентсиз ссудалар ажыратылады

«Халықты исбилерменликке тартыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў ушын қаржылай жәрдемлер ажыратыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, халықты исбилерменликке тартыў, айланыс қаржылары менен тәмийинлеў ҳәм Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардың ағзаларына өз жумысын баслаўы ушын зәрүр болған әсбап-үскенелерди сатып алыўға ажыратылатуғын субсидиялар орнына процентсиз ссуда ажыратыў системасы енгизиледи.

Халық тәрепинен қызығыўшылық билдирилмеген, узақ дәўир даўамында пайдаланылмай атырған ҳәм нәтийжелилиги төмен болған субсидиялар бийкар етиледи ҳәм бир-бирин тәкирарлаўшы субсидиялар бирлестириледи.

Мәҳәллелердиң қәнигелисиўи ҳәм драйвер бағдарларынан келип шығып, кәмбағал шаңарақларға исбилерменлик ҳәм дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын грант ҳәм процентсиз ссудалар ажарытылады.

2026-жыл 1-январьдан халыққа нақ пул түринде берилетуғын қаржылай жәрдемлер басқышпа-басқыш социаллық карта арқалы ажыратылады.

2025-жыл 20-мартқа шекем Економика ҳәм қаржы министрлигиниң орайлық аппараты структурасында Субсидия, ссуда ҳәм грантлардың нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм муўапықластырыў басқармасы шөлкемлестириледи.

Қарарға бола, «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын төмендеги жаңа түрдеги қаржылай жәрдемлер енгизиледи:

– еркинен айырыў жазасын өтеп болған пуқараларға олар тәрепинен исбилерменлик, архитекторлық, өнерментшилик сыяқлы бағдарлардағы анық жойбарлар әмелге асырылыўы ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 10 есесине шекемги муғдардағы субсидиялар;

– өзин-өзи бәнт етпекши болған жумыссыз пуқараларды ямаса кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын жумысты бөлип алып ислеўши сыпатында жумысқа алған исбилерменлерге олардың айланыс қаржыларын толтырыў ушын ҳәр бир тартылған жумысты бөлип алып ислеўши ушын БЕМниң 10 есесине шекемги муғдардағы 3 жылға шекемги мүддетке процентсиз ссудалар;

– кәмбағал шаңарақ ағзаларына өз жумысын баслаўы ушын зәрүр болған әсбап-үскенелерди сатып алыўға БЕМниң 50 есесине шекемги муғдардағы 6 айдан 3 жылға шекемги мүддетке процентсиз ссудалар;

– кәмбағал шаңарақларға дийқаншылық ҳәм бағшылық шөлкемлестириў ушын дийқан хожалықларына суў қудықларын бурғылаў, насос агрегатларын сатып алыў, тамшылатып суўғарыў системасын орнатыў ҳәм електр тармақларын тартыў ушын 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен БЕМниң 200 есесине шекемги муғдардағы 5 жылға шекемги мүддетке процентсиз ссудалар;

– мәҳәллелердиң қәнигелисиўи ҳәм драйвер бағдарларынан келип шығып, өз тәжирийбесин 10 ға шекем кәмбағал шаңарақларға үйреткен ҳәм оларға турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўына жәрдемлескен исбилерменлерге ҳәр бир кәмбағал шаңарақ ушын БЕМниң 3 есеси, бирақ БЕМниң 30 есесине шекемги муғдардағы грантлар.